Foydalanuvchi:Gulayim Quwanishbaeva
Қуўанышбаева Гүлайым 2003 жылы Қарақалпақствн Республикасы Мойнақ районында туўылды.
2022-жылы Мойнақ районындағы 5-санлы мектепти ағла баҳаларға тамамлап, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақ Мәмлекетлик Университетиниң Журналистика тәлим бағдары бойынша билим алып атыр. Оның "Мениң атым Гүлайым" ҳәм "Жақсылық нур келтирер" китаплары арқалы Мойнақ районы халқы оның дөретиўшилиги менен кеңинен таныс болды.
Қуўанышбаева Гүлайым Университет босағасын атлар екен, оның пикири, билими ҳәм өмирге көзқарасы кеңейе түсти. Талапшаң ҳәм заманагөй интернет тармағы хабар қуралларынан жақсы пайдалана билген Гүлайым Республикамыздың бирнеше телеграм тармақларында администратор хызметин атқарып келмекте. Ол ҳәзирги ўақытта "Устаз жолы", "Түркий Жазыўшылар аўқамы" ҳәм "Ибратлы сөзлер" ҳәм өзиниң жеке "Сөз маржаны" телерам каналларын басқарады. Оның әдебий мақалалары республикалық "Қарақалпақстан жаслары," "Еркин Қарақалпақстан" ҳәм "Жеткиншек" газеталарында жарияланып келмекте.
Соның менен бир қатарда жас жазыўшы қызымыз Гүлайым өз дөретиўшилиги менен шығармалар таңлаўларына да қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.
2023 жылы январь айында Қырғызстан Республикасында өткерилген "Истеъдоди дурахшон" конкурсына қатнасып, арнаўлы Сертификатқа ийе болды.
Республикамыз көлеминде өткерилген "Әлишер Наўайының 582 жыллығы"на бағышланған шығармалар таңлаўында 1-орынды қолға киргизди.
"Устаз жолы" телеграм тармағында белсенди администратор болғанлығы ушын газета телеграм тармағының 3 жыллығы мүнәсибети менен Қуўанышбаева Гүлайым арнаўлы Диплом менен сыйлықланды.
Усы жылдың февраль айында қырғызстанлы көркем сөз усталары тәрепинен Гүлайымның дөретпелери жоқары баҳаланып, креатив материаллар таңлаўында "БРИЛЛИАНТ ТАЛАНТ" номинациясын қолға киргизди ҳәм Қырғызстан жазыўшылар аўқамына ағзалыққа қабылланды.
Қуўанышбаева Гүлайымның Фейсбук социаллық тармағында жәрияланған шығармалары Орайлық Американың Эль-Сальвадор мәмлекетинде өз оқырманларын тапты. Сильвиа Аргуетта ҳәм Жуанна Альварез тәрепинен февраль айында "GIVES YOU THE PRESENT DIPLOMA OF HORNOR, FOR BIENS AN AKTIVE MEMBER, IN TNE MONTH OF FEVRUARY 2023" арнаўлы Дипломын ҳәм март айында "POETAS Y SENTIMENTOS" Сертификатын қолға киргизиўине еристи.
Республикалық "Устаз жолы" телеграм тармағында өткерилген "Әлем ибрат алар ҳаял-қызлардан" атамасындағы әдебий дөретпелер таңлаўында 1-орынды ийелеп арнаўлы Диплом менен сыйлықланды. Усы топарда "Админлик" ўазыйпасын атқарыўдағы мүнәсип хызметлери ушын газета редакторының Дипломы менен сыйлықланды.
2023 жылы март айында Түрки Әлеми Жазыўшылар Одағы Президентиниң "Түркi тiлдес халықтардың өзара достығын дамыту мақсатында өткiзiлген Ғумар Қараш және Әлiшер Науаи шығармаларындаға рухани байланыс атты Халықаралық шығармашылық байқаудың БАС ЖҮЛДЕсiн жеңiп алып, АЛТЫН ҚАЛАМ ИЕГЕРI" номинациясын қолға киргизди ҳәм соны менен бирге "Түрки тағылымы" медалине ийе болды.
Қуўанышбаева Гүлайымның шығармалары Халық аралық "Пегас", "Туран бирлиги" журналларына жарияланып атыр. Ол усы жылдың март айында Қазақстан жазыўшылар аўқамының ағзалығына қабылланды.
Қуўанышбаева Гүлайымның бир қатар гүрриңлери "AVANGARD" баспасында шығарылған "Талантлылар илҳамы" топламына киргизилди. Алдағы ўақытта оның "Сағыныш" атлы шығармалар жыйнағы "Қарақалпақстан" баспасында жарық көрди.
Түрки Әлеми Жазыўшылар аўқамы ағзасы Қуўанышбаева Гүлайымның мақаларына зор ықлас қойған қоңсылас мәмлекетлер оның "Келин неге уялды?" "Сағыныш", "Тағы да қыс киятыр" атлы гүрриңлерин Түрки әлеми жазыўшылар аўқамының энциклопедиясының 2-томына енгизди.
Жас қалемкеш қызымыздың мақалалары Шымкент облысының "Ел қурмети" баспаханасынан шығарылатуғын "Туран бирлиги" журналылында үзликсиз жәрияланып келмекте.
Дөретиўшилиги менен бирге Қуўанышбаева Гүлайым аўдармашылық пенен де шуғылланып келеди. Ол жақында Түрки Әлеми Жазыўшылары аўқамы Президенти Баян Тленшинаның "Арман дүнья" атлы романын қазақ тилинен өзбек тилине аўдарды. Бул "Армон дунё" романы Шымкент қаласының "Ел қурметi" баспаханасында баспадан шығарылды.
2024 жылы Баян Тиленшинаның "Сурқия" Мақалалары атлы романын қазақ тилинен өзбек тилине аўдарды.
Гүлайым Қуўанышбаеваның шығармалары фейсбук арқалы мына мәмлекетлерде көп соранысқа ийе болып, диплом ҳәм сертификатлар менен хошаметленип атыр.
Орайлық Американың Эль-Салвадор мәмлекетинен, Филиппин, Таиландтан, Мексикадан, Саудия Арабстанынан, Африкадан, Бангладештен, Аргентинадан, Швециядан, Австрия, Испания, Нигериядан, Қырғызстаннан, Тәжикстаннан, Қазақстаннан:
Астана, Алматы, Туркистан, Шымкент қалаларынан келген грамоталары бар.
Қуўанышбаева Гүлайымның "Үмiт" атлы шығармалар жыйнағы 2024 жылы Қазақстан республикасында баспадан шығарылды. "Сыр сандық" атлы топламы "Қарақалпақстан" баспасында жарық көрди.
Гүлайым Қуўанышбаева 2024 жылы Өзбекстан республикасы президенти Ш. М. Мирзиёев тәрепинен "Келажак бунёдкори" медалин алыўға миясар болды.